23.09.2024

343

msk_yangiliklari_in

Усы жылдың 19-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. 

 

Комиссия баслығы З.Камалов басқарып барған мәжилисте Халық депутатлары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына сиясий партиялардан көрсетилген талабанларды дизимге алыў ҳәм де сайлаў кампаниясы дәўиринде сиясий партиялар ҳәм депутатлыққа талабанлардың сайлаўалды үгит-нәсияты ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.

 

 

Атап өтилгениндей, Халық депутатлары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65 сайлаў округине бес сиясий партияның ҳәр биринен бир талабаннан, жәми 325 талабан ҳаққындағы арзалар “e-saylov” системасы арқалы комиссияға жиберилген. 

 

Мәжилисте партиялар тәрепинен көрсетилген усы талабанларды Халық депутатлары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан сыпатында дизимге алыў ҳаққында қарар қабыл етилди. Дизимге алынған талабанлар ҳаққындағы мағлыўматлар рәсмий веб-сайт ҳәм жергиликли баспасөзде жәрияланады.

 

 

Сондай-ақ, мәжилисте сайлаўда қатнасатуғын сиясий партиялар ҳәм депутатлыққа талабанлардың сайлаўалды үгит-нәсияты усы жылдың 22-сентябрь сәнесинен басланыўы ҳәм бул процесс сайлаў күни және даўыс бериўге бир күн қалғанда тоқтатылыўы мәлим етилди.

 

Сайлаўалды үгит-нәсияты дәўиринде сиясий партиялар ҳәм депутатлыққа талабанларға жергиликли теле ҳәм радиоканалларда көлемине бола бирдей болған эфир ўақты және “Еркин Қарақалпақстан”, “Вести Каракалпакстана” ҳәм “Қорақалпоғистон тонги” газеталарында бирдей баспа майданы ажыратылыўы бойынша да қарар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының

Баспасөз орайы.

 

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр