СИЯСИЙ ПАРТИЯЛАРДЫҢ АЙМАҚЛЫҚ КЕҢЕСЛЕРИНЕН ҚОЛТАҢБА БЛАНКЛАРЫ ҚАБЫЛ ЕТИЛДИ

19.08.2024

270

msk_yangiliklari_in

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясында Сайлаў кодексине муўапық сиясий партиялардың аймақлық кеңеслериниң ўәкилликли ўәкиллери тәрепинен аймақлардан жыйналған қолтаңба бланкларын тапсырыў мәресими болып өтти.

 

Қарақалпақстан Республикасы «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамының 39-статьясында қолтаңба бланклары дурыс толтырылғанлығын Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тексериў тәртиби белгиленген. Онда қолтаңба бланкларын тексериўде сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери қатнасыўы белгиленген.

 

 

 

Қолтаңба бланклары Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 1-августтағы 53-санлы «Қолтаңба бланкларының дурыс толтырылғанлығын тексеретуғын эксперт топарын дүзиў ҳаққында»ғы қарары менен дүзилген Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ағзаларынан ибарат Эксперт топары тәрепинен қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясында дүзилген Эксперт топарына Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық партия шөлкеминиң ўәкилликли ўәкиллери тәрепинен аймақлардан жыйналған қолтаңба бланклары тапсырылды.

 

Сиясий партиялар тәрепинен усынылған қолтаңба бланклары сайлаў комиссиясындағы Эксперт топары тәрепинен 5 күн даўамында үйренилип, сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўына рухсат бериў бойынша тийисли қарар қабыл етиледи.

 

 

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр