Хожели районындағы сайлаў участкаларына пресс-тур шөлкемлестирилди

19.10.2024

177

msk_yangiliklari_in

Усы жылдың 18-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайының медиа илажлар режесине муўапық Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўын өткериўши Хожели районындағы сайлаў участкаларына пресс-тур шөлкемлестирилди.

 

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери дәслеп Қарақалпақстан Республикасы орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм Баспасөз орайының жумыслары менен танысты, сондай-ақ, оларға сайлаўды өткериў ҳәм оған таярлық көриў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

 

                   

 

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайының ағзалары менен биргеликте Хожели районындағы 515-сайлаў участкасына барып, сиясий процесске таярлық жумысларын көзден өткерди. Участка баслығы ҳәм ағзалары журналистлерге сайлаў күнги процесслерди толық түсиндирип берди.

 

Сондай-ақ, илаж қатнасыўшылары 512-сайлаў участкасында болып, бул жердеги таярлық жумыслары, 27-октябрь күни участкаға келип даўыс бериў имканиятына ийе болмаған, имканияты шекленген ямаса кекселер ушын жаратылған шараятлар ҳаққында да мағлыўмат алды.

 

                      

 

Атап өтилгениндей, айырым пуқаралар денсаўлығының жағдайы ямаса басқа себеплерге байланыслы даўыс бериў имаратына келе алмаған жағдайда, олардың өтиниши бойынша участкалық сайлаў комиссиясы даўыс бериўди сол пуқара турған орын бойынша, көшпели даўыс бериў қутыларынан пайдаланып шөлкемлестиреди.

 

Мағлыўмат ушын, Хожели районы бойынша ҳәзирги ўақытта 36 участкалық сайлаў комиссиясы дүзилген болып, улыўмалық сайлаўшылар саны 77 мыңнан асламды қурайды.

 

Илажда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўаплар алды.

 

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының

Баспасөз орайы.

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр