ҲУҚИҚИЙ МӘДЕНИЯТТИ АРТТИРИЎ БОЙИНША ҮГИТ-НӘСИЯТ ИЛАЖИ ӨТКЕРИЛДИ

03.10.2024

159

msk_yangiliklari_in

Жорий йилнинг 25 сентябрь куни Қўнғирот туманида жойлашган 27-сонли Манзил колониясида Қорақалпоғистон Республикаси Марказий сайлов комиссияси ва Омбудсманнинг Қорақалпоғистон Республикасидаги вакилхонаси билан ҳамкорликда манзил колония ходимлари ҳамда сақланаётган маҳкумлар учун маҳкумларнинг сайлаш ҳуқуқи ва ундан фойдаланиш тартиби бўйича тарғибот тадбири ташкил этилди.

 

Илажда Өзбекстанда сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериўдиң коньституциялық-ҳуқықый тийкарлары ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.

 

 

Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы М.Утепбергенов Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 5-статьясына тийкарланып, суд тәрепинен қарым-қатнасқа уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ, аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятлар ислегенлиги ушын судтың ҳүкими бойынша еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнасыў ҳуқықынан тек ғана нызамға муўапық ҳәм судтың қарары тийкарында айырыўы мүмкин екенлиги, басқа да ҳәр қандай жағдайларда пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын тиккелей ямаса тиккелей шеклеўге жол қойылмаслығын атап өтти.

 

Сондай-ақ, семинарда шығып сөйлегенлер әҳмиетли сиясий илажды сайлаў нызамшылығы талаплары тийкарында жоқары дәрежеде өткериў бойынша түсиниклер берди.

 

Қарақалпақстан Республикасы

Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайы

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр