Миллий сайлаў нызамшылығы ҳаққында түсиник берилди

14.09.2024

290

msk_yangiliklari_in

Усы жылдыӊ 11-сентябрь күни Қараѳзек районында “Жаӊа ϴзбекстанда миллий сайлаў нызамшылығы ҳәмде халықты социаллық қорғаў мәселелери” атамасында Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм “Омбудсман мектеби” жойбары шеӊберинде ϴзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниӊ Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман)ныӊ Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили менен биргеликте иләж шѳлкемлестирилди.

 

 

Бул иләждыӊ тийкарғы максети халықтың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў, олардың мәмлекетлик уйымларға мүрәжат етиў тәртибин түсиндириў ҳәмде елимизде соңғы ўақытлары қабыл етилип атырған Пәрман және қарарлардың мазмун-мәнисин халыққа жеткериўден ибарат.

 

Иләжға Омбудсманныӊ Қарақалпақстан Республикасы бойынша аймақлық ўәкили Ж.Шлымбетов, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ағзасы М.Оразалиев, Социаллық қорғаў миллий агентлигиниӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығыныӊ орынбасары Р.Рахимов, сондай-ақ район белсендилери ҳәм пуқаралары қатнасты.

 

Иләжда қатнасыўшыларға Жаӊа ϴзбекстанда миллий сайлаў нызамшылығы ҳәм әмелияты ҳаққында кеӊ түрде түсиниклер берилди.

 

Иләждан соӊ, пуқаралардыӊ мүрәжатлерин үйрениў мақсетинде “Омбудсманныӊ кѳшпели қабыллаўы” шѳлкемлестирилди.

 

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр