Қарақалпақстан Республикасы
Орайлық сайлаў комиссиясы

Көринис:

Шрифт көлеми:

12.08.2024

167

msk_yangiliklari_in

Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм Сайлаў кодексинде белгиленген мүддетлерден келип шығып Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслер депутатлары сайлаўы кампаниясына старт берилгенли берли усы сайлаўды жоқары шөлкемлескенлик дәрежесинде өткериў бойынша аймақларда үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Усы мүнәсибет пенен Жас тамашагөйлер театрында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкерлери ушын «Сайлаў ҳуқуқы: инсан қәдирине жоқары итибар» темасында хуқықый саўатлылықты жетисистириўге бағышланған илаж шөлкемлестирилди. Илажда Қарақалпақстан Республикасы орайлық сайлаў комиссиясы ағзасы Махсет Утепбергенов быйылғы жылы өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары ҳәм Халқ депутатлары қала ҳәм районлық кеңеслери сайлаўларындағы жаңалықлар ҳәм өзгерислер туўралы кең түрде баянат жасады. 

 

Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, Өзбекстан тарийхында биринши мәрте Олий Мажлис Нызамшылық палатасы сайлаўлары аралас сайлаў системасы, яғный мажоритар ҳәм пропорционал система тийкарында өткериледи. Сондай-ақ, сайлаўдың технологиялық жаңалығы сыпатында иске түсирилген “E-Saylov” мәлимлеме системасы енгизилди. Мәлимлеме системасы басқа электрон платформалар менен интеграцияланған болып, сайлаўдағы көплеген тәртип-қағыйдалар инсан факторысыз толық автоматластырылған тәризде әмелге асырылады. Илаж қатнасыўшылары мине усы ҳәм басқа да жаңалық ҳәм өзгерислер туўралы толық мағлыўматқа ийе болды.

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр