Қарақалпақстан Республикасы
Орайлық сайлаў комиссиясы

Көринис:

Шрифт көлеми:

Сайлаў бюллетениниң формасы ҳәм тексти тастыйықланды

05.09.2024

4191

msk_yangiliklari_in

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясында нәўбеттеги мәжилис болып өтти.

 

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Камалов ашты ҳәм басқарып барды.

 

Мәжилисте бир мандатлы сайлаў округлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, Халық депутатлары қалалық, районлық Кеңеслери депутатлары сайлаўына байланыслы сайлаў бюллетениниң формасы, тексти ҳәм тәрийплемесин, сондай-ақ, сайлаў комиссияларының даўысларды санап шығыў нәтийжелери ҳаққындағы баянламаларының формасы ҳәм текстин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

 

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы Б.Исмаилов баянат жасады.

 

Атап өтилгениндей, Жоқарғы Кеңес ҳәм жергиликли Кеңес депутатлары сайлаўына тийисли сайлаў бюллетениниң формасы ҳәм тексти Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланады.

 

Талабанның фамилиясы, аты, әкесиниң аты сайлаў бюллетенине оның туўылған жылы ҳәм оны талабан етип усынған сиясий партия көрсетилген ҳалда әлипбе тәртибинде киргизиледи.

 

Сайлаў бюллетеньлери мәмлекетлик тилде, сондай-ақ, районлық, қалалық сайлаў комиссиясының қарарына муўапық тийисли аймақ халқының көпшилиги сөйлесетуғын тиллерде басып шығарылады.

 

Сайлаў бюллетенинде оны толтырыў тәртиби ҳаққындағы түсиндирме болыўы кереклиги атап өтилди.

 

Егер зәрүрлик болса сайлаў бюллетеньлерин Брайль әлипбеси тийкарында толтырыў ушын трафаретлер таярланыўы мүмкин.

 

Пикир алмасыўлардан соң сайлаў бюллетениниң формасы ҳәм текстин тастыйықлаў ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Соның менен бирге, мәжилис даўамында календарьлық режеге муўапық сайлаўға таярлық көриў бағдарындағы әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды.

 

 

 

 

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр