Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Баспасөз орайы басламасы менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўын өткериўши Хожели районындағы сайлаў участкаларына пресс-тур шөлкемлестирилди.
Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм Баспасөз орайының жумысы менен танысты. Илаж қатнасыўшыларына сайлаўды өткериў ҳәм оған таярлық көриў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайы ағзалары менен биргеликте Хожели районындағы 515-сайлаў участкасына барып, сиясий процесске таярлық жумысларын көзден өткерди. Сондай-ақ, илаж қатнасыўшылары райондағы 512-сайлаў участкасында болып, 27-октябрь күни участкага келип даўыс бериў имканиятына ие болмаған, имканияты шекленген ямаса кекселер ушын жаратылған шараятлар ҳаққында да мағлыўмат алды.
Атап өтилгениндей, айырым пуқаралар денсаўлығының жағдайы ямаса басқа да себеплерге бола даўыс бериў имаратына келе алмағанда, олардың өтинишине бола участкалық сайлаў комиссиясы даўыс бериўди усы пуқараның жасаў орнында, көшпели даўыс бериў қутиларынан пайдаланған ҳалда шөлкемлестиреди.
Мағлыўмат ушын, Хожели районы бойынша ҳәзирги ўақытта 36 участкалық сайлаў комиссиясы дүзилген болып, улыўма сайлаўшылардың саны 77 мыңнан асламды қурайды.
Илажда ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўап алды.