Усы жылдың 21-август сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясында мәжилис болып өтти. Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Камалов ашты ҳәм басқарып барды.
Мәжилистиң күн тәртибинде Орайлық сайлаў комиссиясына усынылған қолтаңба бланкларының дурыс толтырылғанлығы бойынша үйрениў жумысларының жуўмағы ҳәм сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўына руқсат бериў мәселеси көрип шығылды.