09.10.2024

195

msk_yangiliklari_in

Усы жылдың 8-октябрь сәнесинде Нөкис қаласында жайласқан Миллий Гвардияның Қарақалпақстан Республикасы регионаллық оқыў орайында Миллий Гвардия әскерий хызметкерлери ушын сайлаў нызамшылығындағы өзгерислер бойынша үгит-нәсият илажы өткерилди.

 

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары А.Райимов ҳәм Е.Орынбаевлар Өзбекстанда сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўдиң конституциялық-ҳуқықый тийкарлары ҳаққында қатнасыўшыларға баянат жасады.

 

Баянатшылар өз сөзинде быйылғы сайлаўлардың жаңаша руўхта өткерилип атырғаны, сайлаў нызамшылығындағы жаңалықлар ҳәм олардың мәниси бойынша толық мағлыўматлар берди.

 

Мәмлекетимизде биринши мәрте Нызамшылық палатасы депутатлығына сайлаў аралас сайлаў системасы тийкарында болып өтеди. Илаж қатнасыўшыларына бул аралас сайлаў – мажоритар ҳәм пропорционал сайлаў системасының мәниси ҳәм әҳмийети түсиниклер түсиниклер берилди.

 

Соның менен бирге, илаж қатнасыўшыларына миллий сайлаў әмелиятына енгизилген жаңалықлардан және бири – «E-saylov» мәлимлеме системасы ҳәм оның абзаллықлары бойынша ҳәм сайлаў кампаниясының әҳмийетли басқышлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап өтилгениндей, бул мәлимлеме системасы сайлаўшыларға барлық түрдеги мағлыўматларды алыў имканиятын береди. Соның ишинде, депутатлыққа талабанлар, олардың сайлаўалды бағдарламалары, сиясий партиялар бойынша толық мағлыўмат алыў мүмкин.

 

Буннан тысқары, илаж қатнасыўшыларының даўыс бериў тәртиби бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде даўыс бериў процесслери, ҳәр бир пуқара өзи жеке даўыс бериўи зәрүр екенлиги түсиндирилди.

 

Сондай-ақ, илажда Орайлық сайлаў комиссияларының жумысы, сайлаўды мүнәсип түрде өткериўде олардың орны ҳәм әҳмийети ҳаққында да мағлыўматлар берилди.

 

Ушырасыўда қатнасыўшылар сайлаўға байланыслы пикир-усынысларын билдирди ҳәм өзлерин қызықтырған сораўларға ҳәр тәреплеме жуўап алды.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының

Баспасөз орайы

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр