ҲУҚЫҚЫЙ МӘДЕНИЯТТЫ АРТТЫРЫЎ БОЙЫНША ОҚЫЎ-СЕМИНАРЫ ӨТКЕРИЛДИ

22.01.2025

185

msk_yangiliklari_in

Усы жылдың 26-январь күни Тахтакөпир районында 62-Бозжап округине босап қалған орынға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты сайлаўы болып өтиўи белгиленген.

 

Усы мүнәсибет пенен тийисли участкалық сайлаў комиссияларының баслығы, орынбасары ҳәм хаткерлери ушын оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

 

 

Оқыў-семинар Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 27-май күни қабыл етилген "Сайлаў комиссиялары ағзаларының билим ҳәм көнликпелерин арттырыўды шөлкемлестириў ҳаққында"ғы 1331-санлы қарарына тийкарланған болып, семинар даўамында комиссия ағзаларына сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша тәртип қағыйдалары менен кең түрде түсиниклер берилди.

 

 

Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы А.Жийенбаев, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшы тренерлери М.Нажимов ҳәм М.Тилеумуратов, Тахтакөпир районы ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов ҳәм Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң шөлкемлестириўши-кадрлар топарының басшысы Е.Қалижановлар Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексине муўапық сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы норма, қағыйдалар менен комиссия ағзаларын таныстырды.

 

 

 

Сондай-ақ, семинарда шығып сөйлегенлер әҳмиетли сиясий илажды сайлаў нызамшылығы талаплары тийкарында жоқары дәрежеде өткериў бойынша өз пикирлерин билдирди.

 

Қарақалпақстан Республикасы

Орайлық сайлаў комиссиясы

 

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр