Усы жылдың 12-апрель күни Хожели районында 37-Хўжайли округине босап қалған орынға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты сайлаўы болып өтиўи белгиленген.
Усы мүнәсибет пенен 30 ҳәм 31-март күнлери тийисли участкалық сайлаў комиссияларының ағзалары ушын оқыў-семинары шөлкемлестирилди.
Оқыў-семинар Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 27-май күни қабыл етилген "Сайлаў комиссиялары ағзаларының билим ҳәм көнликпелерин арттырыўды шөлкемлестириў ҳаққында"ғы 1331-санлы қарарына тийкарланған болып, семинар даўамында комиссия ағзаларына сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша тәртип қағыйдалары менен кең түрде түсиниклер берилди.
Соның ишинде, Хожели районы ҳәкиминиң орынбасары Х.Халмуратов ҳәм Хожели районы ҳәкимлигиниң шөлкемлестириўши-кадрлар топарының басшысы Д.Таджимуратов, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары А.Жуманов ҳәм Е.Алламбергеновлар Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексине муўапық сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы норма, қағыйдалар менен комиссия ағзаларын таныстырды.
Сондай-ақ, семинарда шығып сөйлегенлер әҳмиетли сиясий илажды сайлаў нызамшылығы талаплары тийкарында жоқары дәрежеде өткериў бойынша өз пикирлерин билдирди.
Қарақалпақстан Республикасы
Орайлық сайлаў комиссиясы