Қарақалпақстан Республикасы
Орайлық сайлаў комиссиясы

Көринис:

Шрифт көлеми:

Участкалық сайлаў комиссияларының қурамы тастыйықланды

16.09.2024

30

msk_yangiliklari_in

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясында болып өткен гезектеги мәжилисте участка сайлаў комиссияларының қурамын тастыйықлаў мәселеси көрип шығылды.

 

Оны Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Камалов ашып берди ҳәм басқарып барды.

 

 

 

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы "Сайлаў ҳаққында"ғы Нызамның 14,16,23-статьяларына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында 1 қалалық ҳәм 16 районлық Кеңеслердиң "Уақыбетлик сайлаў комиссияларының қурамын тастыйықлаў ҳаққында"ғы мәселе додаланып, комиссия ағзаларына қойылатуғын талаплар айтып өтилди.

 

Додалаўлардан кейин, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен участкалық сайлаў комиссияларының қурамы тастыйықланды. Болып өтетуғын сиясий илажда 654 участкалық сайлаў комиссиясына 6 мың 998 ағзаның қурамы тастыйықланды.

 

 

 

Сондай-ақ, сайлаўды өткериў бойынша календарь режеге муўапық әмелге асырылатуғын илажлар додаланып, ўазыйпалар белгилеп алынды.

 


Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайы

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр