УЗАҚ МҮДДЕТЛИ ХАЛИҚАРАЛИҚ БАҚЛАЎШИЛАР ҚАРАҚАЛПАҚСТАНҒА КЕЛДИ

03.10.2024

199

msk_yangiliklari_in

Бүгин, яғный 2-октябрь күни Европада Қәўипсизлик ҳәм Бирге ислесиў Шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросынан узақ мүддетли бақлаўшылар Қарақалпақстанға келди.

 

Халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясында болып, Сайлаў комиссиясының баслығы Зиюатдин Камалов пенен ушырасты.

 

 

Ушырасыў ўақтында мийманларға усы жылы 27-октябрь күни мәмлекетимизде болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлары сайлаўының өткерилиўи ҳәм оның өзине тән өзгешеликлери ҳаққында мағлыўмат берип өтилди.

 

Сондай-ақ, халықаралық бақлаўшылар Карл Петерсен ҳәм Рудолф Маттиас Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зиюатдин Камалов пенен болған сөйлесиў даўамында өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

 

Барлығыңыздың хабарыңыз бар, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен 654 участкалық сайлаў комиссиялары шөлкемлестирилген болып, олардағы 6 мың 998 ағзаның қурамы тастыйықланған. Ҳәзирги ўақытта барлық аймақларда сайлаўларды өткериў бойынша календарь режеге муўапық таярлық жумыслары даўам етпекте.

 

Болажақ сайлаўлардың ашық-айдын өтиўинде халықаралық ҳәм жергиликли бақлаўшылар институтының орны әҳмиетли, әлбетте. Сапар етип келген узақ мүддетли бақлаўшылар да Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зиюатдин Камалов пенен сөйлесиўи даўамында бул бағдарда бирге ислесиўин ҳәм шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди.

 

 

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

 

Орайлық сайлаў комиссиясының Баспасөз орайы

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр