Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы мүддетинен алдын даўыс берди

23.10.2024

189

msk_yangiliklari_in

Хабарыңыз бар, Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 8-октябрьдеги “Сайлаўшылардың мүддетинен алдын даўыс бериўин шөлкемлестириў ҳаққында”ғы қарарына муўапық, усы жылдың 16-октябрь сәнесинен баслап бәрше сайлаў участкаларында мүддетинен алдын даўыс бериў процесслери басланған еди. 

 

Жоқарыда атап өтилген қарарға муўапық, сайлаў күни өз жасаў орнында болыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшылар мүддетинен алдын даўыс бериў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкин.

 

                 

 

Бүгин, яғный 23-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зийўатдин Камалов Нөкис қаласындағы 36-сайлаў участкасында мүддетинен алдын даўыс берди.

 

– Сайлаў күни Орайлық сайлаў комиссиясында да жумыс қызғын болады. Усыны есапқа алып, бүгин мүддетинен алдын даўыс бериўде қатнасып атырман, – дейди Зийўатдин Камалов. – Сайлаў участкасында даўыс бериў ушын барлық шараятлар жаратылған. Өзим мүнәсип деп билген талабанларға ҳәм партияға жасырын түрде даўысымды бердим.

 

               

 

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының

 

Баспасөз орайы

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр