Сайлаў Кампаниясына старт берилди

12.08.2024

817

msk_yangiliklari_in

Бүгин Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм Сайлаў кодексинде белгиленген мүддетлерден келип шығып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслер депутатлары сайлаўы кампаниясына старт берилди.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 128-статьясына ҳәм Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 14-, 36-статьяларына муўапық, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўлары 2024-жыл 27-октябрь, екшемби күни өткериледи.

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр