ҲУҚЫҚЫЙ МӘДЕНИЯТТЫ АСЫРЫЎ БОЙЫНША ОҚЫЎ-СЕМИНАРЫ БОЛЫП ӨТТИ

28.08.2025

44

msk_yangiliklari_in

Усы жылдың 7-сентябрь күни Қоңырат районында 47-санлы «Санаат» ҳәм Бозатаў районында  56-санлы «Бозатаў» округлеринде босап қалған орынға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес депутатлары сайлаўы болып өтиўи белгиленген.

Усы мүнәсибет пенен Қоңырат ҳәм Бозатаў районлық сайлаў комиссиясы, тийисли округлық ҳәмде участкалық сайлаў комиссияларының баслығы, орынбасары ҳәм хаткерлери ушын 26-27-август күнлери оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

Оқыў-семинар Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 27-май күни қабыл етилген "Сайлаў комиссиялары ағзаларының билим ҳәм көнликпелерин арттырыўды шөлкемлестириў ҳаққында"ғы 1331-санлы қарарына тийкарланған болып, семинар даўамында комиссия ағзаларына сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша тәртип қағыйдалары менен кең түрде түсиниклер берилип өтти.

Соның ишинде, Қоңырат ҳәм Бозатаў районлары ҳәкимлигиниң шөлкемлестириўши-кадрлар топарының басшылары О.Аметов ҳәм А.Хасановлар оқыў-семинарды ашып берген болса, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары К.Ержанов, К.Кайпов, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшы тренерлери М.Нажимов, М.Тилеумуратов, А.Жуманов ҳәм Е.Алламбергеновлар Сайлаў нызамшылығына муўапық сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы норма, қағыйдалар менен комиссия ағзаларына таныстырып өтти.

Сондай-ақ, семинарда шығып сөйлегенлер әҳмийетли сиясий илажды сайлаў нызамшылығы талаплары тийкарында жоқары дәрежеде өткериў бойынша өз пикирлерин билдирмекте.

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр