ҲУҚЫҚЫЙ МӘДЕНИЯТТЫ АСЫРЫЎ БОЙЫНША ОҚЫЎ-СЕМИНАРЫ БОЛЫП ӨТТИ

16.06.2025

58

msk_yangiliklari_in

Усы жылдың 15-июнь күни Елликқала районы 17-санлы «Қумбосқан» ҳәм Төрткүл районында 18-санлы «Янгийўл» округлеринде босап қалған орынға Халық депутатлары районлық Кеңеслериниң депутаты сайлаўы болып өтиўи белгиленген.

 

Сол мүнәсибет пенен районлық сайлаў комиссия ағзалары, тийисли участкалық сайлаў комиссияларының баслығы, орынбасары, хаткерлери ҳәм ағзалары ушын 2-5 июнь күнлери оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

 

 

Оқыў-семинар Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 27-май күни қабыл етилген "Сайлаў комиссиялары ағзаларының билим ҳәм көнликпелерин арттырыўды шөлкемлестириў ҳаққында"ғы 1331-санлы қарарына тийкарланған болып, семинар даўамында комиссия ағзаларына сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша тәртип қағыйдалары менен кең түрде түсиниклер берилип өтти.

 

Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының хаткери А.Алланиязов, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшы тренерлери А.Жуманов ҳәм Е.Алламбергенов, Елликқала ҳәм Төрткүл районы ҳәкимлигиниң шөлкемлестириў-кадрлар топарының басшылары А.Худайбергенов ҳәм А.Искандаровлар, Районлық сайлаў комиссия баслықлары Сайлаў нызамшылығына муўапық сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы норма, қағыйдалар менен комиссия ағзаларына таныстырып өтти.

 

 

 

Сондай-ақ, семинарда шығып сөйлегенлер әҳмийетли сиясий илажды сайлаў нызамшылығы талаплары тийкарында жоқары дәрежеде өткериў бойынша өз пикирлерин билдирип өтти.

 

Қарақалпақстан Республикасы

Орайлық сайлаў комиссиясы

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр