МҮДДЕТИНЕН АЛДИН ДАЎИС БЕРИЎ ПРОЦЕСИ БАСЛАНДИ

16.10.2024

180

msk_yangiliklari_in

Бүгин, яғный 16-октябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 8-октябрьдеги "Сайлаўшылардың мүддетинен алдын даўыс бериўин шөлкемлестириў ҳаққында"ғы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасындағы сайлаў участкаларында да мүддетинен алдын даўыс бериў процесслери басланды.

 

Жоқарыда келтирилген қарарға бола, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары Кеңеслериниң депутатлары сайлаў күни өз жасаў орнында болыў имканиятына ие болмаған сайлаўшылар ушын сайлаў участкаларында мүддетинен алдын даўыс бериўде қатнасады.

 

             

 

Бүгин, Нөкис қаласындағы 32-санлы мектеп имаратында жайласқан 19-сайлаў участкасына аймақ халқы да мүддетинен алдын даўыс бериў ушын келди. Участкалық сайлаў комиссиясының баслығы Гулнара Таженова сайлаўшыларға мүддетинен алдын даўыс бериў тәртип-қағыйдаларын түсиндирди.

 

Сайлаў күни сапарда болыўымызды есапқа алып, бүгин мүддетинен алдын даўыс бериўде қатнаспақта, - дейди Осербай Адилов. - Сайлаў участкасында даўыс бериў ушын барлық шараятлар жаратылған. Мен өзим мүнәсип деп билген талабанларға ҳәм партия жасырын түрде дауыс бердим.

 

Қарақалпақстан Республикасындағы сайлаў участкаларында мүддетинен алдын даўыс бериў ушын шараятлар жаратылған ҳәм бул процесслер даўам етпекте.

 

Мағлыўмат ушын, бүгин басланған мүддетинен алдын даўыс бериў процесслери 2024-жыл 23-октябрь күни жуўмақланады. Даўыс бериў жергиликли ўақыт пенен жумыс күнлери саат 9:00 ден саат 18:00 ге шекем, дем алыс күнлери саат 11:00 ден саат 17:00 ге шекем даўам етеди.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы

Баспасөз орайы

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр