НӨКИС ҚАЛАСИНДА САЙЛАЎ УЧАСТКАЛАРИ СИЯСИЙ ИЛАЖДИ ӨТКЕРИЎГЕ ТАЯР

27.09.2024

177

msk_yangiliklari_in

Усы жылдың 27-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси және қалалық ҳәм районлық Кеңеслерге депутатлар сайлаўын өткериў ҳәм оған таярлық көриў процесслери қызғын басқышқа кирди.

 

Қарақалпақстан Республикасының "Сайлаў ҳаққында"ғы Нызамы тийкарында Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен участкалық сайлаў комиссияларының қурамы тастыйықланды. Болып өтетуғын сиясий илажда 654 участкалық сайлаў комиссиясына 6 мың 998 ағзаның қурамы тастыйықланды.

 

 

Участкалық сайлаў комиссияларының 5 мың 631 и бурын да усындай сайлаўларда қатнасқан тәжирийбели хызметкерлер болып есапланады.

 

- Сиясий илажға сайлаў участкасында пуқта таярлық көрилмекте, - дейди Нөкис қаласындағы 9-участкалық сайлаў комиссиясының баслығы Маҳмуд Жолдасов. - Сайлаў нызамшылығында белгиленген тәртипте сайлаў комиссиясы өз жумысын алып барыўы ушын зәрүр үскенелер, ҳуқықый әдебиятлар менен тәмийинленди. Ҳәзирги ўақытта комиссия ағзалары аймақтағы сайлаўшылар дизимин және бир мәрте хатлаўдан өткерип, календарь режеге муўапық сайлаўға таярлық жумысларын алып бармақта.

 

 

Сайлаў күни кексе жастағы ямаса кеселлиги ҳәм басқа да себеплерге бола сайлаў участкасына келе алмайтуғын сайлаўшылар ушын үйине барып даўыс бериўди шөлкемлестириў ушын арнаўлы көшпели сайлаў қутилары да шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, майыплығы болған шахслардың сайлаў участкасына келип даўыс бериўи ушын да зәрүр шараятлар жаратылған.Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалары тәрепинен сайлаўды өткериў ҳәм оған таярлық көриў бойынша турақлы көрсетпе ҳәм усыныслар берип барылмақта. Бир сөз бенен айтқанда, 9-сайлаў участкасы 27-октябрь күни болып өтетуғын сайлаўларға толық таяр жағдайға келтирилди.

 

 

Қарақалпақстандағы сайлаў участкаларының 547 и улыўма орта билим бериў мектеплеринде, 32 и колледж ҳәм лицейлерде, 7 и медицина, санаторий ҳәм дем алыў орынларында, 12 и мәмлекетке қараслы кәрхана-шөлкемлерде, 34 и мәденият ҳәм спорт орайларында, 12 и жоқары оқыў орынларының имаратларында, 2 и мәҳәлле уйымларында, 4 и әскерий бөлим ҳәм еркинен айырыў мәкемелер

 

 

Мағлыўмат ушын: Болажақ сайлаўларда Қарақалпақстан Республикасынан Олий Мажлис Нызамшылық палатасына 4 депутат, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65 депутат, қалалық ҳәм районлық Кеңеслерге 375 депутат сайланады. Сайлаўларда 2 200 ден аслам талабанлар қатнаспақта. Орынларда сайлаў процесслерин шөлкемлестириў ҳәм тиккелей өткериўде 10 мыңнан аслам Сайлаў комиссияларының ағзалары және 6 мыңнан аслам исенимли ўәкиллер қатнасыўы күтилмекте.

 

Қарақалпақстан Республикасы

Орайлық сайлаў комиссиясының Баспасөз орайы

Түсиндирме қалдырыў ушын :One-ID системасынан дизимнен өтиўиңиз зəрүр