Усы жылдың 6-сентябрь күни Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясы менен биргеликте Нөкис қаласындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң үйинде сайлаў нызамшылығы бойынша түсиник жумысларын алып барыў, бақлаўшылар ушын миллий нызамшылық ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында бақ
Семинарды ӨзННТМА Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Қ.Каримхўжаев ашты ҳәм алып барды
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы Г.Наобетуллаева миллий сайлаў нызамшылығындағы усы сайлаўларды өткериўдеги өзгерислер, сиясий илажға таярлық көриў ҳәм өткериўге байланыслы процесслер ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди. Соның менен бирге, даўыс бериў ханаларын үскенелеўге, соның ишинде, оларды имканияты шекленген шахсларға бейимлестириўге пандуслардың талапқа жуўап бериўи, сайлаў округлери ҳәм участкалар имаратларының нызамшылық талапларына муўапық үскенеленгени, қойылған талаплар бойынша кең түсиник берилди.
Сондай-ақ, семинарда ӨзННТМА Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Қ.Кәримхўжаев сайлаўда МКШлардың сайлаў процесслери ҳәм халықтың сайлаўға байланыслы ҳуқықый мәдениятын арттырыў бағдарындағы орны ҳаққында баянат жасады.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.