Бүгин, 31-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилисинде сиясий партиялардың Қарақалпақстандағы ўәкилликли ўәкилин дизимге алыўға байланыслы мәселе көрип шығылды.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Камалов, сайлаў комиссиясының ағзалары, сиясий партиялардың аймақлық кеңесиниң ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.